Еки спортшымыз шерек финалда

441

Олимпиада ойынларының 11-күни грек-рим гүреси бойынша сайланды командамыздың еки ағзасы Арам Варданян пенен Рустам Ассакалов ҳәм ҳаял-қызлар гүреси бойынша командамыз ағзасы қарақалпақстанлы Актеңге Кеўнимжаевалар өз қарсыласлары менен беллесиўди баслады.

Атап айтқанда, 77 кг салмақта қатнасып атырған 2019-жылғы жәҳән чемпионатының вице-чемпионы, 2021-2028-жыллары өткерилген Азия чемпионатының қола медалы ийеси Арам Варданян 1/8 финалда египетли Махмуда Абделрахманды, 97 кг салмақта қатнасып атырған 40 жастағы тәжирийбели Рустам Ассакалов гондураслы Кевин Мехияны жеңип шерек финалға жол алды.

Ал, 24 жастағы Ақтеңге Кеўнимжаева болса, Европа чемпионы, 2018-жылғы жәҳән чемпионатының сыйлы орын ийеси, украиналы Оксана Ливачқа жеңилип қалды.

Енди шерек финалда Арам Варданян япониялы Нао Кусака менен, Рустам Ассакалов армениялы Артур Алексанян менен ярым финал жолламасы ушын гүреске түседи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги