Өзбекстанда шығындыдан энергия ислеп шығарыў бойынша Қытай компаниялары менен меморандумларға қол қойылды

242

Өзбекстанда инвестиция киргизилиўи мүмкин болған тараўлар ҳәм инвесторларға берилетуғын имканиятлар кеңеймекте. Атап айтқанда, шығындыларды басқарыў тараўында да әмелге асырылып атырған жумыслардың көлеми артып, сырт ел менен бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде Қытайдың «Chengdu Environment Investment Group» мәмлекетлик кәрханасы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти, делинеди министрлик мағлыўматында.

Ушырасыўда Қытай компаниясының бас директоры Чен Шиэн Өзбекстанда әмелге асырылыўы күтилип атырған перспективалы режелер ҳаққында сөз етти. Сондай-ақ, шығынды тасыў ушын мөлшерленген полигонлар менен бир қатарда ақаба суў тазалаў имаратларының жумысына да қызығыўшылық билдирилди.

Буннан тысқары, мийманлар министрлик жанындағы Ситуациялық орай, Санитар тазалаў жумысларын шөлкемлестириў республика орайы, шығындыларды басқарыў полигоны дирекциясының жумысы менен танысты.

Сапар соңында «Chengdu Environment Investment Group» мәмлекетлик кәрханасы қурамындағы «Chengdu Xingrong Renewable Energy Co., Ltd» ҳәм «Chengdu Shiny Technology Co., Ltd.» компаниялары менен Өзбекстанда шығындылардан энергия ислеп шығарыў жойбарларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

А.РУСТАМОВ, ӨзА