Саида Мирзиёева Қазақстан мәмлекетлик кеңесгөйи менен ушырасыў өткерди
293

Өзбекстан Президентиниң жәрдемшиси Саида Мирзиёева Қазақстан Республикасына сапары шеңберинде Қазақстан мәмлекетлик кеңесгөйи Ерлан Карин менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында С.Мирзиёева өзиниң Telеgram каналында мәлим етти.
Атап өтилиўинше, ушырасыў даўамында еки тәреплеме, регионаллық ҳәм көп тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелелери додаланған.
Тийкарғы бағдарларда тығыз қарым-қатнасты жолға қойыў ҳәм беккемлеў перспективалары, соның ишинде, мәдений ҳәм халық дипломатиясы тараўында, сондай-ақ, мәлимлеме сиясаты бағдарында биргеликтеги ҳәрекетлерди муўапықластырыў бойынша пикир алысылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги