Исбилерменлик кодекси тараўға байланыслы ҳүжжетлерди унификациялайды

Бүгинги күнде исбилерменлик жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлери дара жағдайда ҳәм оғада көп муғдарда қабыл етилген болып исбилерменлик жумысы менен байланыслы 5000 ға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет бар.
Ҳүжжетлердиң оғада көплиги олардың арасында коллизияларды келтирип шығарыўы, керекли болған нызамшылық ҳүжжетин табыў ҳәм әмелде қолланыўда қыйыншылықларды пайда етиўи мүмкин.

Соп себепли енди Исбилерменлик кодекси ислеп шығылды. Бул кодекс жойбарына 8 нызам ҳәм 20 дан аслам нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер унификацияланбақта. Бул арқалы исбилерменлик тараўындағы қатнасықларды бирден-бир ҳүжжет пенен тәртипке салыў, мәмлекеттиң исбилерменлик тараўына араласыўын азайтыў, сондай-ақ, исбилерменлик ҳуқықы тараўында бирден-бир көз-қарасты белгилеў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, жойбар менен исбилерменлик жумысын нызамлыллық, исбилерменлик еркинлиги, субъектлер теңлиги, ҳадал бәсеки, ҳүжданлылық презумпциясы, коррупциядан жырақ сыяқлы тийкарғы принциплери де беккемленбекте. Исбилерменлик субъектлери болса киши, орта ҳәм ири категорияларға ажыратылмақта.
Исбилерменлик кодекси жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракциялары мәжилисинде додаланып, қабыл етилди.
ӨзА