Ҳәр бир оқыў жылыныӊ басында мектеп формасы қандай болатуғыны, бул бағдардағы тәртип-қағыйдалар ҳаққында тартыслы пикирлер көбейеди.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў мәкемелериниӊ жетилистирилген үлги әдеп-икрамлылық қағыйдалары»на муўапық, журтымыздағы ҳәр бир улыўма билимлендириў мектебиниӊ бул бағдардағы өз ишки Режелери қабыл етилген.
Оған бола, мектеп оқыўшыларыныӊ мектеп формасында келиўи тәртиби улыўма билимлендириў мәкемелериниӊ усы ишки Режелеринде белгиленген. Бул талап мектеп формаларыныӊ мәжбүрий енгизилмеўин аӊлатпайды.
Соннан келип шыққан ҳалда, ўатанласларымыздан мектеп формаларын мәжбүрий енгизилмеўине байланыслы тастыйықланбаған хабарларды надурыс талқыламаўын сорап қаламыз.
Мектеп жәмийетимиздиӊ бир бөлеги, керек болса, өзине тән айнасы. Оған белгиленген тәртип ҳәм талапларға әмел еткен ҳалда, яғный оқыўшылардыӊ белгиленген формада келиўи талап етиледи.
Н.Усмонова, ӨзА