Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў – ең әҳмийетли мәселе

256

 

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен 2024-жылдың биринши ярым жыллығында өз ўазыйпаларынан келип шығып бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Есабат дәўиринде Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын талқылаў тийисли тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының қарарлары ҳәм бийликлери Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 23-декабрьдеги 694-санлы қарары менен тастыйықланған “Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының бәсекиликке тәсирин баҳалаў тәртиби ҳаққында” режесине муўапық үйренип шығылды.

Үйрениў нәтийжесинде Өзбекстан Республикаси “Бәсекилик ҳаққында”ғы Нызам талапларына қайшы 5 жағдай анықланып, Төрткүл, Қараөзек, Хожели, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районларының ҳәкимликлерине қарар жойбарларын нызамшылыққа муўапықластырыў бойынша жуўмақлар берилди.

Буннан тысқары, комитеттиң ис-режесине муўапық, 11 район ҳәкимликлери тәрепинен қабыл етилген жәми 15510 ҳүжжет үйренилип, 31 жағдайда нызамшылық талапларының бузылғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министирлиги, Спорт министирлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министирлиги ҳәм “Өнермент” шөлкемлериниң 4408 ҳүжжети үйренилип, 5 жағдайда нызамшылық талапларына қайшы жағдайлар анықланды.

Бул жағдайлар бойынша комитет тәрепинен нызамшылықта белгиленген тәртипте ҳәкимликлерге ҳәм тийисли министрликлерге усыныснамалар киргизилди.

Комитет тәрепинен есабат дәўиринде мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен өткерилген 456 ең жақсы усынысларды таңлаў саўдалары үйренилип,
438 таңлаўдағы 692 жағдайда бәсекилик нызамшылығы бузылғаны анықланды. Тийкарынан, юридикалық ҳәм физикалық тәреплер жағынан жолланған мүрәжатлер тийкарында 43 таңлаў саўдалары үйренилип, соннан 30 таңлаўда 59 жағдайда,  электрон системадан үйренилген 13 таңлаў саўдалары үйренилип, соннан
13 таңлаўда 31 жағдайда, ҳуқық қорғаў уйымларына қәниге ажыратыў арқалы 357 таңлаў саўдалары үйренилип, соннан 352 таңлаўда 516 жағдайда нызам бузыўшылықлар анықланды.

Анықланған 516 нызам бузыўшылық жағдайлары бойынша ҳуқық қорғаў уйымларына мағлыўматлар жиберилген, 176 жағдай бойынша комитет тәрепинен буйырпашыларға қарата 42 ис қозғатылып, тийисли шаралар көрилди ҳәм лаўазымлы шахсларға 39 ҳәкимшилик баянламалар рәсмийлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 24-ноябрьдеги “Экономика тармақларында биржа механизмлеринен пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм биржа саўдаларын тәртипке салыў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы қарары, Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 18-марттағы 17-санлы қарары менен тастыйықланған “Биржа саўдаларында жоқары ликвидли ҳәм монополь түрдеги өнимлерди сатыў тәртиби ҳаққында”ғы Нызам талапларын орынлаў мақсетинде Товар шийки зат биржасы арқалы сатыўға қойылған жоқары ликвидли ҳәм монополь түрдеги өнимлер күнделикли қадағалаўға алынған.

Есабат дәўиринде айырым кәрханалар тәрепинен биржа саўдаларында жәми
180 жағдайда бәсекиликти шеклеў ҳәм баҳаларды манипуляциялаў жағдайлары анықланып, 272,2 млн. сум артықша дәраматлар алыў жағдайлары анықланды. Бул жағдайлар бойынша комитет тәрепинен нызам бузыўшылыққа жол қойған
4 кәрханаға қарата тийисли тәртипте ис қозғатылып, орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер берилди.

Буннан тысқары, ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте 10 кластер ҳәм кооперацияларда биржа саўдаларында бәсекиликти шеклеў ҳәм баҳаларды манипуляциялаў жағдайлары үйренилип, анықланған нызам бузыўшылық жағдайлары бойынша мағлыўматлар ҳуқық қорғаў уйымларына усынылды.

Сондай-ақ, үстинлик жағдайына ийе (монополь) кәрханалар реестринде
9 кәрхана болып, 6 түрдеги өним (хызмет) менен реестрге киргизилген. Сондай-ақ, тәбийғый монополия субъектлери Мәмлекетлик реестрде 4 хожалық жүргизиўши субъект 4 түрдеги хызметлер бойынша реестрге алынған.

2024-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында 23 товар (хызмет) ҳәм қаржы базарларында үйрениў ҳәм таллаў жумыслары өткерилди. Өткерилген үйрениў жумысларында тийкарғы итибар карханалардың үстинлик жағдайына ийе ямаса ийе емеслиги, үйренилип атырған базарда бәсекилик орталығының жаратылғанлығы, жасалма тосықлар ҳәм бәсекиликти шеклеўши жағдайлар, тил бириктириў ҳәм инсапсыз бәсекилик жағдайлары, монополь кәрханалардың үстинлик жағдайынан кери мақсетте пайдаланыў жағдайларына қаратылды.

Соның менен бирге, үстинлик жағдайына ийе кәрханалар ҳәм тәбийғый монополия субъектлери тәрепинен тутыныўшыларға ҳәм исбилерменлерге көрсетилип атырған хызметлер (товар) бойынша дүзилген 80 ге шамалас шәртнаманың «Бәсекилик ҳаққында»ғы Нызам талапларына муўапықлығы үйренилди. Өткерилген үйрениў жумыслары нәтийжесинде анықланған жағдайлар ҳәм усыныслар Өзбекстан Республикаси Бәсекилик комитетине усынылды.

Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери тәрепинен келип түскен мүрәжатлерди үйрениў нәтийжесинде, электр энергиясы надурыс есапланғанлық жағдайлары анықланып, 5 исбилерменлик субъектлердиң пайдасына жәми 40,2 млн. сум қайта есап-санақ етилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-декабрьдеги “Тийкарғы түрдеги азық-аўқат ҳәм зәрүр өнимлер баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм өнимлердиң қәўипсизлиги ҳәм сапасын системалы қадағалаў
илажлары ҳаққында”ғы қарары менен белгиленген социаллық әҳмийетке ийе болған тийкарғы түрдеги өнимлер (бийдай ҳәм ун, қәлипли нан, мал гөши, таўық гөши, мәйек, пахта майы, шимишки майы, гүриш, қумшекер, қадақланған сүт) қыйтақ жерден базарға шекем жеткерилип берилиўинде монополия белгилериниң барлығын үйренип барыў ҳәм баҳалардың тербенип турыў дәўириниң турақлылығын тәмийинлеў бойынша күнделикли үйрениў жумыслары өткерилип келинбекте.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл
19-апрельдеги 161-санлы қарарына муўапық шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы тийкарында ажыратылған кредитлердиң есабынан өнимлерди (marketpleys) базар принциплери тийкарында еркин саўда майданшасында бәсекилик орталығын жаратыў, баҳалардың жасалма түрде көтерилиўине жол қоймаў тәмийнатшы кәрханалар тәрепинен өнимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы жеткерип бериў жағдайлары үстинен мониторинг өткерилип, анықланған кемшиликлер белгиленген тәртипте комитетке усынылып келинбекте.

Комитет тәрепинен 2024-жылдың 1-ярымында Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама жумысларын тәртипке салыў бағдарында да бир қатар жумыслар алып барылды.

Атап айтқанда, есабат дәўиринде тутыныўшылардан келип түскен 349 мүрәжат үйренилип шығылды. Мүрәжатлердиң 38,6 проценти турақ жай коммунал, 44,7 проценти саўда, 15,2 проценти байланыс, социаллық ҳәм қаржы, 1,4 проценти реклама тараўына тийисли.

Келип түскен мүрәжатлер үйренип шығылыўы нәтийжесинде
215 мүрәжаттың унамлы шешилиўи тәмийинленип, 878 млн. 267 мың сум тутыныўшылардың пайдасына қайта есап-санақ етилди. Қалған мүрәжатлердиң
97 не ҳуқықый түсиник берилип, 10 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа уйымларға өткерилип, 27 си үйрениў басқышында болған.

Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама жумысларын тәртипке салыў бойынша комитет тәрепинен биринши ярым жыллық режесине муўапық 16 үйрениў ҳәм талқылаў жумыслары алып барылды.

Атап айтқанда, үйрениў жумыслары Өзбекстан Республикасы энергетика министрлиги жанындағы электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы «Өзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен комитетке усынылған сапасыз нефть өнимлерин сатып атырған 6 автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшаларында тексериў жумыслары өткерилди. Өткерилген тексериў нәтийжесинде барлық 6 шақапшада сапасыз 277 млн. 980 мың 200 сумлық нефть өнимлери сатылғанлығы тастыйықланып, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызамшылық талаплары бузылғанлығы анықланды ҳәм тутыныўшыларға жеткерилген зыянды қаплап бериў бойынша 6 хожалық жүргизиўши субъекттиң ҳәр бирине арнаўлы комиссияның көрсетпелери берилди.

Жыл басында ыссылық энергиясының тутыныўшыларға толық ҳәм сапалы жеткерилип берилиўи жағдайлары бойынша «Коммуналлық ыссылық орайы» МУК ҳәм «Тақыятас ыссылық тармақлары» ЖШЖ да үйрениўлер өткерилди.

Халық тутыныў товарларының сапасы ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери бойынша белгиленген техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында нормативлик ҳүжжетлерге муўапықлығы бойынша өткерилетуғын қадағалаў тәртибинде сатып алыў бойынша тастыйықланған реже-графикке муўапық 29 товар номенклатурасы бойынша қадағалаў тәртибинде сатып алыўлар әмелге асырылып, белгиленген тәртипте аккредитациядан өткерилген сынаў лабораторияларына жиберилди.

Газ тәмийнаты кәрханалары тәрепинен халыққа суйылтырылған углеводород гази белгиленген мүддетлерде ҳәм көлемлерде жеткерип берилиўи, автотранспорт қураллары менен тәмийинленгенлиги, тәрезилердиң саны ҳәм мәмлекетлик қыяслаўдан өткерилгенлиги, газ толтырыў шақапшалырының ағымдағы қуўатлылығы ҳәм газ баллонларды толтырыў имканиятлары бойынша үйрениўлер өткерилди.

Реклама жумысларын тәртипке салыў тараўында комитет тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылды.

Атап айтқанда, есабат дәўиринде ғалаба хабар қураллары, интернет ҳәм социаллық тармақларды «Реклама ҳаққында»ғы Нызам талапларына әмел етилиўи бойынша жәми 1162 үйрениў өткерилип, нәтийжесинде 125 жағдайда нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.

Соннан, 6 темеки, алкоголь, пиво ишимликлери ҳәм басқа рекламалар бойынша, 7  биологиялық актив қосымшалар рекламасы бойынша, 95 тереклердеги реклама ҳәм дағазалар бойынша ҳәм 17 ҳәр түрли көринистеги басқа рекламалардың жайластырылыўы жағдайлары анықланған. Бул жағдайлар бойынша реклама ийелерине ескертиўлер берилип, жайластырылған рекламалары алынып тасланды.

Сондай-ақ, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериндеги атамаларды мәмлекетлик тилде ҳәм миллий қәдириятларға сәйкеслендириўдиң әҳмийети, сыртқы жазыўлар (вывеска), реклама, дағаза ҳәм мәлимлеме қатарларында “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы ҳәм “Реклама ҳаққында”ғы Нызам талапларының әҳмийетлилиги бойынша ғалаба хабар қуралларында материаллар жәрияланып, исбилерменлик субъектлери менен дөгерек сәўбетлери өткерилип, үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылып келинбекте.

Буннан тысқары, хошаметлеўши илажларды реклама етиў нәтийжесинде утысқа қойылған саўға ҳәм пул қаржыларының тутыныўшыларға (утыс ийелерине) ҳақыйқатында тапсырылыўы жағдайлары бойынша үйрениўлер өткерилди.

Есабат дәўиринде Комитет тәрепинен жәми 63 жағдайда “Бәсекилик ҳаққында”, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында” ҳәм “Реклама ҳаққында”ғы нызамларының бузылыў жағдайлары анықланып, ислер қозғатылды ҳәм лаўазымлы шахсларға қарата 53 ҳәкимшилик баянламалар рәсмийлестирилди.

Комитетке 2024-жылдың 1-ярым жыллығы даўамында жәми 433 мүрәжат келип түскен болып, соның 388 и физикалық ҳәм 45 и юридикалық тәреплерден келип түсти. Соннан 259 мүрәжат қанаатлантырылған. Есабат дәўиринде ҒҲҚ арқалы жәми 149 шығыўлар әмелге асырылды.

Комитет тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм исбилерменлер арасында саламат бәсекилик орталығын жаратыў мақсетиндеги илажлар нәтийжели даўам етпекте.

Давронбек Давлетов,

Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги