Өзбекстан ҳуқық үстинлиги индексинде 140 мәмлекет арасында 78-орынды ийеледи

Өзбекстан Ҳуқық үстинлиги индексинде Қытай, Беларусь, Қырғызстан, Россия, Түркия ҳәм басқа мәмлекетлерди артта қалдырып, 140 мәмлекет арасында 78-орынды ийеледи. Бул ҳаққында Олий Мажлис Сенаты хабар берди.
Ҳуқық үстинлиги индекси ҳәр жылы World Justice Project халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми тәрепинен дүзиледи. Индексти дүзиўде дүньяныӊ 140 мәмлекетинен 150 мыӊнан аслам үй хожалығы ҳәм 4 мыӊға шамалас ҳуқықтаныўшы арасында сораў өткерилди ҳәм нызамлылық дәрежеси баҳаланды.
Индекс 8 индикаторды, атап айтқанда, ҳәкимият ўәкилликлериниӊ шекленгенлиги, коррупциядан аўлақлық, мәмлекетлик институтлар жумысыныӊ ашық-айдынлығы, тийкарғы ҳуқықларын қорғаў, тәртип ҳәм қәўипсизлик, ҳуқықты қорғаў, пуқаралық ҳәм жынайый әдил судлаў сыяқлыларды өз ишине алады.
Атап өтилиўине бола, быйылғы жылы Өзбекстанныӊ барлық 8 индикатор бойынша көрсеткишлери жақсыланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги