Өзбекстан –Ҳиндстан: түрли бағдарда бирге ислесиў раўажланады

134

Аўыл  хожалығы бағдарында  сырт еллер менен бирге ислесиўди раўажландырыў, тараўға ивесторларды тартыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бирине айланған.

Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәм Ҳиндстанның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық-хуқықлы елшиси Смита Пант ушырасыўында шериклик көлемин және де кеңейтиў, атап айтқанда мийўе-овощ экспортын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди, еки мәмлекет  илимий-изертлеў институтлары, аграр тараў қәнигелери  арасында байланыс орнатып, тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў бағдарында пикир алысылды.

Сондай-ақ, логистика бағдарындағы машқалаларды тез пурсатта шешиў зәрүр екенлиги мақулланды. Усы бағдарда әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар бойынша жумысшы топардың жумысын қәлиплестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпе берилди.


М.Пирматова, ӨзА