АҚШта жумыссызлық 3 жыллық ең жоқары дәрежеге көтерилди

277

Июль айында АҚШта жумыссызлық дәрежеси 4,3 процентке көбейген. Бул 2021-жыл октябрь айынан берли ең жоқары көрсеткиш. Мәмлекет мийнет министрлигиниң мағлыўматына бола, таллаўшылардың бул бағдардағы болжаўы орташа 4,1 проценттен артпайтуғынын көрсеткен  еди.

Мийнет статистикасы бюросының хабар бериўинше, есабат дәўиринде 114,000 жаңа жумыс орны жаратылған. Бул 2020-жыл декабрь айынан баслап ең төмен нәтийже.

Ҳәзир төмен көрсеткиштиң дәслепки белгилери анық болса да, узақ мүддетли перспективада дүньяның ең ири экономикасы мийнет базарының турақлы болып қалыўы күтилмекте. Әйне усы прогноз АҚШ Федерал резерв банки пул-кредит сиясатының  шешиўши  факторы есапланады.

Апрель айында Экономикалық статистика бюросы (BEA) 2024-жылдың биринши шерегинде мәмлекеттиң жалпы ишки өними 1,6 процент өскени ҳаққында хабар берген еди. Улыўма, бул көрсеткиш тезлиги 2023-жылдың төртинши шерегине салыстырғанда сезилерли дәрежеде азайып, 3,4 процентти қураған.

ӨзА