Өзбекстан-Қазақстан: жаңа бирге ислесиў – жаңа көзқарас

Аўыл хожалығы министриниң орынбасары Қаҳрамон Йўлдошев Қазақстанның Астана қаласында еки мәмлекет аграр тараў ўәкиллери және исбилерменлер арасында кең көлемли мәселелер бойынша өткерилген ушырасыўда қатнасты.
Тәреплер тараўды раўажландырыў, аўыл хожалығы егинлерин жетистириў технологиясын кеңнен үгит –нәсиятлаў, шарўашылық ҳәм терини қайта ислеў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имкниятын додалады.

Сондай-ақ, өзлериниң бизнес усынысы ҳәм басламалары менен ортақласып, шерикликтиң жаңа механизми ҳәм шәрти бойынша пикир алысты.

Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекеттиң исбилерменлери арасындағы кейинги сөйлесиўлерди «B2B» форматында даўам еттириў, өзбекстанлы исбилерменлердиң тәжирийбе алмасыў мақсетинде Қазақстан фермер хожалықларына сапарын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
ӨзА