Нөкисте тазаланған ишимлик суўын ислеп шығаратуғын кәрхананың қурылысы басланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-августтағы Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысларын шөлкемлестириўди ҳәм жоқары қосымша қунлы бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўды хошаметлеў арқалы аймаққа инвестицияларды тартыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, соның менен бирге, исбилерменлердиң усынысларын тиккелей үйрениў тийкарында келеси жети жылда раўажландырыўдың белгиленген нәтийжелерине ерисиў мақсетинде қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы республикамызда исбилерменликти және де раўажландырыўға кең имканиятлар жаратпақта.
Усы пәрман тийкарында “LONG WATER” ЖШЖ директоры, исбилермен Қайрат Балахановқа да Нөкис қаласынан 30 сотих жер майданы инвестиция киргизиў шәрти менен, аукционсыз, узақ мүддетке ижара тийкарында ажыратып берилди.
Бул жерде исбилермен тазаланған, арзан ҳәм сапалы ишимлик суўын ислеп шығарыўды мақсет етти ҳәм кәрхананың қурылыс жумыслары апрель айынан баслап жиберилди.

– Кәрханамыз тәрепинен жәми 14 миллиард сум муғдарында инвестиция киргизилип, 30 дан аслам жаңа жумыс орны жаратылады. Өндирис ушын керекли барлық заманагөй техникалар Қытай мәмлекетинен алып келинеди. Халқымыздың ишимлик суўға деген талабынан келип шығып алдағы ўақытта исбилерменлик жумысымызды еле де кеңейтиўди режелестирип атырмыз. Қарақалпақстанлы исбилерменлерге өз алдына жаратылып берилген усындай жеңилликлер ушын Президентимизге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди “LONG WATER” ЖШЖ директорының орынбасары Темур Умбетов.
Қурылыс жумыслары қызғын даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги