Сәне мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди

«4-август – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы шөлкемлестирилген күн» мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, сәне мүнәсибети менен тараў хызметкерлери ҳәм ветеранларын қызғын қутлықлап, машақатлы, соның менен бирге, мақтанышлы жумысларында табыслар тиледи.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында елимиздиң тынышлығын сақлаў бағдарында жумыс алып барып атырған Қураллы күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларын түп-тийкарынан реформалаў, бул жолда аянбай мийнет етип атырған тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жумыс нǝтийжелилигин және де арттырыў бойынша кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Әлбетте, бул әмелге асырылып атырған жумыслардың барлығы елимиздиң тынышлығын қорғаў, жәмийетте тәртип-интизам ҳүким сүриўин, ең баслысы, пуқараларымыздың тыныш уйқысын тәмийинлеўге қаратылған.
Өткерилген илаж даўамында бир қатар тараў пидайылары сәне мүнәсибети менен көкирек белгилери, ҳүрмет жарлықлары, әскерий дәреже ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги