Ҳүрметли дослар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди қутлы кәсип байрамыӊыз – Темир жол транспорты хызметкерлери күни менен шын жүректен қутлықлап, бәршеӊизге өзимниӊ қызғын ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Биз бул системада мийнет етип атырған сизлер сыяқлы мийнеткеш жумысшы ҳәм хызметкерлер, қурылысшы ҳәм инженер, машинист ҳәм вагон бақлаўшылары, тараў ветеранлары өз жумысыныӊ ҳақыйқый усталары деп билемиз ҳәм Жаӊа Өзбекстанныӊ экономикалық потенциалын, халқымыздыӊ турмыс сапасын арттырыў жолындағы хызметлериӊизди жоқары қәдирлеймиз.
Усы қуўанышлы әййямда тараўда әмелге асырып атырған ири жойбар ҳәм бағдарламаларымыздыӊ табысын тәмийинлеўде сизлердиӊ шексиз үлесиӊиз бар екенин миннетдаршылық пенен тән аламыз.
Бул ҳаққында айтқанда, быйылғы жылды Қарақалпақстан Республикасын Хорезм ўәлаяты менен байланыстыратуғын Шават – Қараөзек жаӊа темир жол тармағы ҳәм Әмиўдәрья арқалы өтетуғын, темир жол ҳәм автомобильлер ушын мөлшерленген саўлатлы көпир пайдаланыўға тапсырылғанын атап өтиў керек.
Өткен дәўирде 3 мыӊ километрден аслам темир жоллар электрлестирилди. Бухара – Үргенш – Хийўа ҳәм Мискин – Нөкис темир жол тармақларын электрлестириў жумыслары болса жедел даўам еттирилмекте.
Сондай-ақ, гөззал пайтахтымыздан Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға «Афросиёб» электропоездлериниӊ қатнаўлары саны арттырылмақта. Келешекте бул жумыслардыӊ даўамы сыпатында Ташкент – Бухара – Хийўа ҳәм Ташкент – Шыршық – Ҳожикент жөнелислеринде де жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездлар қатнаўын жолға қоямыз.
Бүгинги күнде мәмлекетимиздиӊ халықаралық транспорт ҳәм транзит потенциалын раўажландырыў бағдарында да жаӊа шеклер ашылмақта. Стратегиялық әҳмийетке ийе Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолын қурыў бойынша әмелий жумыслар басланғаны бул пикирди анық тастыйықлайды.
Ҳәзирги ўақытта өмиримизге барған сайын тереӊ кирип баратырған санлы технологиялар темир жол транспортына да жедел енгизилмекте. Нәтийжеде хызмет көрсетиў дәрежеси кескин артып бармақта. Әсиресе, жүклерди жеткериў ўақты сезилерли дәрежеде қысқарғаны, темир жол участкалараыныӊ өткериўшеӊлик қәбилети артқаны, жолаўшылар ағымы көбейгени, операциялық қәрежетлер қысқарғаны, бажыхана ҳүжжетлерин рәсмийлестириў әпиўайыластырылып, жүк артыў ҳәм түсириў жумыслары бойынша жеӊиллестирилген тәртип орнатылғанын атап өтиў керек.
Ҳүрметли тараў хызметкерлери!
Турмыс ҳәм раўажланыў пәтлери мисли көрилмеген дәрежеде тезлесип баратырған бүгинги күнде заманныӊ өзи барлық тараўлар қатарында темир жол системасыныӊ алдына да оғада әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта. Атап айтқанда, темир жол транспортын және де раўажландырыў, тараўда көрсетилип атырған хызметлердиӊ түрин көбейтиў ҳәм олардыӊ сапасын жақсылаў, әҳмийетли заманагөй коммуникация объектлерин қурыў бойынша сизлер менен биргеликте еле оғада үлкен жумысларды әмелге асырыўымыз керек.
Исенимим кәмил, бай билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған темир жол тараўы хызметкерлери және де үлкен күш-ғайрат пенен мийнет етип, мәмлекетимиздиӊ темир жол транспорты тараўындағы потенциалын арттырыўға мүнәсип үлес қосады.
Өз гезегинде тараўдыӊ раўажланыўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, сизлердиӊ абырайлы ҳәм машақатлы мийнетиӊизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў буннан соӊ да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиӊ итибар орайында болады.
Сиз, әзизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, келешектеги жумысыӊызда жаӊа табыс ҳәм әўмет, шаӊарақларыӊызға тынышлық-татыўлық, бахыт-ығбал тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти