ХДП: қолтаңба жыйнаў илажы басланды

485

Усы жыл 26-июль күни Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясы тәрепинен “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы менен жергиликли кеңеслердиң депутатларын сайлаў 2024-жыл 27-октябрь, екшемби күни өткерилиўи белгиленди.

Сайлаў нызамшылығы бойынша сиясий партиялар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленген үлгидеги берилген қолтаңба қағазларына пуқаралардан қолтаңба жыйнаў жумысларын алып барады.

Сайлаў кодексине муўапық, сиясий партия өзиниң сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлайтуғынын билдириўши кеминде 40 мың сайлаўшының қолтаңбасын топлаған жағдайда ғана депутатлыққа талабанларды көрсетиўи мүмкин екенлиги ҳәм қолтаңба қағазларының бланкалары сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғаннан кейин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен берилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, Сайлаў кодексине муўапық, сайлаўшылар бир ямаса бир неше сиясий партияны қоллап-қуўатлап қол қойыўға ҳақылы. Онда сайлаўшы өзиниң фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын (жасы он сегизде болса, қосымша түрде туўылған күни ҳәм айын), жасайтуғын мәнзилин, паспортының ямаса идентификация ID-картасының cериясын ҳәм тәртип номерин, соның менен бирге, қол қойылған сәнесин көрсетеди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласы “Нәўпир” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы хәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатларын сайлаўда Өзбекстан Халық демократиялық партиясының қатнасыўы ушын қолтаңба жыйнаў илажы болып өтти.

Бул илажда пуқаралар белгиленген үлгидеги қолтаңба бетлерине Өзбекстан Халық демократиялық партиясын қоллап-қуўатлап қол қойды.

Бул илажлар басқа да аймақларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги