«Wildberries» сатыўшылар ушын бийпул онлайн курсты иске қосты

«Wildberries» маркетлейсинде «Wildberries шериклер» порталында дизимнен өткен сатыўшылардың еркин үйрениўи ушын ашылған бийпул онлайн курс – «Фартавер» хызмети пайда болды.
Жойбар сатыўшылардың билимлерин раўажландырыў бойынша бар болған, ҳәзирги ўақытта онда «PRO Wildberries» исбилерменлерди раўажландырыў орайы ҳәм «Wildberries» мағлыўматлар орайы бар экосистемаға кирди.
Компанияның атап өтиўинше, курс өз ишине 34 модульди алған болып, маркетплейстеги табыслы саўда ҳәм e-commerce те ислеў, улыўма алғанда – орын таңлаўдан зыян көрмеў бағдары және бизнести кеңейтиўге байланыслы барлық тәреплерин қамтып алады. Ол лонгридлер, әмелий ҳәм интер белсенди сабақлардан ибарат болып, олар «Wildberries» экспертлери ҳәм тәжирийбели сатыўшылар тәрепинен ислеп шығылған.
– Курсмызда оқып шыққан сатыўшыларға тез өзлериниң биринши миллионларын ислеп табыўына ўәде бермеймиз, бирақ биз оларға бизнес әйне кеме сыяқлы барлық тосқынлықларды айланып өтип, мақсетке ерисетуғын ең қәўипсиз жолды көрсетемиз. Сынақ шеңберинде сегиз мыңнан аслам сатыўшы курсты тамамлады. Биз олардан оғада көплеген унамлы пикирлерди алдық. Сентябрь айында болса хызмет барлық сатыўшылар ушын ашық болады, – дейди «Фартавер» жойбарының жетекши Георгий Чахидзе.
Курс санлы платформадағы соңғы өзгерислер менен бир ўаққытта жаңаланып ҳәм толтырылып барылады. Сондай етип, сатыўшылар бәрқулла электрон коммерция тараўындағы исбилерменликке байланыслы контентлерге ийе болады.
Роман БОНДАРЧУК , ӨзА