Япония бас министри Өзбекстанға келеди- The Japan Times

257

Япония бас министри Фумио Кисида Орайлық Азия мәмлекетлерине экономикалық жәрдем пакетин жәриялады, деп хабар берди The Japan Times газетасы.

Бағдарламада Кәспий теңизи арқалы регионды Европа менен байланыстырыўшы жаңа саўда жөнелисин жаратыў нәзерде тутылған. Фумио Кисида 9-12- август күнлери Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Монголияға барып, Орайлық Азияның бес мәмлекети басшылары менен ушырасыўда режесин усынады.

Газетаның жазыўынша, басламадан мақсет Россия бәрқулла  күшли позицияға ийе болған регион ҳәм Қытай менен Японияның қатнасықларын беккемлеў болып табылады. Рәсмий Токио жаңа экспорт бағдары Орайлық Азия мәмлекетлерине үлкен экономикалық еркинлик беретуғынына үмит етпекте,-деп жазады xs.uz сайты.

Транспорт инфраструктурасынан тысқары, бул реже экономиканың декарбонизациясы, яғный экологиялық тазалығына ерисиўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Соның ишинде, япония компанияларының технологиялары ҳәм кредитлери тәбийғый газди қайта ислеўге қаратылады, делинеди хабарда.                                                

Қарақалпақстан хабар агентлиги