Франция пайтахтында өткерилип атырған жазғы Олимпиада ойынларында өзбек спортшылары өз жүрислерин даўам еттирмекте.

Бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Лазизбек Мулложонов «Париж-2024» жазғы Олимпиада ойынларындағы қатнасыўын даўам еттирди.

Жерлесимиз -92 кг салмақ категориясындағы қарсыласы бразилиялы Кено Машадоға қарсы рингге көтерилди. Қыйын болған гүрестиң биринши раундында 3:2, екинши раундында 4:1 ҳәм үшинши раундында 5:0 есабы менен Лазизбек кейинги басқышқа жол алды.

Алдынар-ақ, Руслан Абдуллаев өзиниң биринши Олимпиадасында төрешилердиң түсиниксиз қарарларынан кейин турнирди тәрк етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги