Оқытыўдың жаңа усыллары енгизилмекте

Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң қәнигелери, район (қала)лық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлериниң баслықлары, тренинглерде таярланған мастер-тренер ҳәм тренер-координаторлар менен ушырасыў өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң кеңесгөйи У.Ташкентбаев, А.Авлоний атындағы педагогикалық шеберлик миллий институтының бөлим баслығы Қ.Бектурдиев, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары А.Даулетбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Сингапурдың “Marshall Cavendish Education” шөлкеми менен биргеликте мектепти басқарыў системасын жақсылаў бағдарындағы жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.
Қәнигелер математика ҳәм тәбийғый пәнлер (Science) бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелерин улыўма орта билимлендириў мәкемелерине кең түрде енгизиў, муғаллимлердиң кәсиплик раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, реформалардың мазмунын мектеп жәмәәтине жеткериў, билимлендириўде менеджментти раўажландырыў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирилди.


– Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкарланып Сингапурдың “Marshall Cavendish Education” шөлкеми менен биргеликте мектепти басқарыў системасын жақсылаў, математика ҳәм тәбийғый пәнлер (Science) бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбелерин улыўма орта билимлендириў мәкемелерине кең түрде енгизиў мақсетинде усы жылдың 8-12-июль күнлери Ташкент қаласында семинар-тренинглер шөлкемлестирилген еди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайының аға оқытыўшысы А.Есназаров.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген семинар-тренинглерде таярланған тренер, мастер-тренер ҳәм тренер-координаторлар жәрдеминде усы жылдың август айында аймақларда тийисли басшы ҳәм педагог хызметкерлерди “каскад” усылында оқытыўды шөлкемлестириў режелестирилген.
Бул трениглерде таярланған мастер-тренер ҳәм тренер-координаторлар жәрдеминде район(қала)лардан таңлап алынатуғын ментор-оқытыўшыларды таярлаў бойынша усы жылдың 5-10-август күнлери Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайында мектеп директорлары, математика ҳәм тәбийғый пәнлер (физика, химия, биология) муғаллимлерин оқытыў режелестирилмекте.
Ушырасыў қатнасыўшылары Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайында 5-10-август күнлери болып өтетуғын семинар-тренингтиң презентациясы ҳәм окыў ханаларындағы жаратылған шараятлар менен танысты.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги