Рейд илажлары даўам етпекте
439

Жолларда ҳәрекет қәўипсизлиин тәмийинлеў, кеўилсиз ўақыялардың алдын алыў мақсетинде жол-патрул хызмети хызметкерлери тәрепинен турақлы түрде рейд илажлары өткерилип келинбекте.
Усындай илажлардың бири Әмиўдәрья районы аймағынан өтиўши жолларда өткерилди.
Илаж даўамында ҳуқықбузарлық ислеген шахсларға тийисли тәртипте шаралар көрилди. Атап айтқанда, автотранспорт қуралын мәс ҳалында басқарыўда гүман етилген пуқаралар медициналық тексериўден өткерилип, анықланғанларға ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги