Мәўсимге таярлық жумыслары алып барылмақта

“Тақыятас ыссылық электр станциясы”акционерлик жәмийетинде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
Атап айтқанда, 2024-2025-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары шеңберинде белгиленген оңлаў режеси тийкарында электр станциясының 7-санлы электроблогинде тутыныўшыларға сапалы ҳәм турақлы электр энергиясын жеткерип бериў мақсетинде оңлаў жумыслар даўам етпекте. Энергоблоктың жоқары, орта ҳәм төмен басымлы цилиндрлери, генератор роторлары ҳәм подшипниклеринде ревизия жумыслары, энерго ҳәм ыссылық механизм үскенелери көзден өткерилип, анықланған кемшиликлер сапластырылмақта.
Бул жумысларға “Ўзбекэнерготаъмир” акционерлик жәмийети ҳәм станциядан 200 ге шамалас қәнигели ҳәм тәжирийбели хызметкерлер қатнаспақта. Энергоблоктың қазанханалары ҳәм басқа да участкаларда жумыслар жедел пәт пенен алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги