Қолтаңба жыйнаў илажлары басланды

Хабарыңыз бар, күни кеше Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен партиялардың кепилликли ўәкиллерине сайлаўда қатнасыўды қоллап-қуўатлайтуғын сайлаўшылардың қолтаңбасын топлаў ушын белгиленген үлгидеги қолтаңба қағазлары тапсырылған еди. Бүгин Өзбекстан Экологиялық партиясы сайлаўда қатнасыўы ушын сайлаўшылардың қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңбасын жыйнаўды баслады.
Сайлаў кодексине муўапық, сиясий партия өзиниң сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлайтуғынын билдириўши кеминде 40 мың сайлаўшының қолтаңбасын топлаған жағдайда ғана депутатлыққа талабанларды көрсетиўи мүмкин екенлиги ҳәм қолтаңба қағазлары бланкалары сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғаннан кейин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен берилиўи белгиленгенлигин атап өтиўимиз керек.
– Сондай-ақ, Сайлаў кодексине муўапық, сайлаўшылар бир ямаса бир неше сиясий партияны қоллап-қуўатлап қол қойыўға ҳақылы. Бунда сайлаўшы өзиниң фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын (жасы он сегизде болса, қосымша түрде туўылған күни ҳәм айын), жасайтуғын мәнзилин, паспортының ямаса идентификация ID-картасының cериясын ҳәм тәртип номерин, соның менен бирге, қол қойылған сәнесин көрсетеди.
Бул мағлыўматлар қолда жазып киргизиледи. Қолтаңба қағазына өз қолтаңбасын қоятуғын сайлаўшы ҳаққындағы мағлыўматлар сайлаўшының сораўына бола қолтаңба топлаўды әмелге асырып атырған шахс тәрепинен киргизилиўи мүмкин,-дейди Өзбекстан экологиялык партиясынан Нөкис қаласы Кеңеси баслығы Арухан Исмайлова.
Бул қолтаңба қағазлары аймақлық партия шөлкемлерине жеткерилип, бүгин ерте таңнан халық көп топланатуғын орынларда партияның мақсетлерине қосылатуғын жерлеслеримиздиң қолтаңбаларын топлаў жумыслары қызғын баслап жиберилди. Партиямызды кең халық қатламы, атап айтқанда, жаслар, ҳаял-қызлар, түрли тараўдың ўәкиллери белсене қоллап-қуўатламақта.

«Нөкис дийқан базары»нда өткерилген қолтаңба жыйнаў процесинде де көплеген жерлеслеримиз қатнасты. Өз қоллары менен партияның келеси сайлаўларда қатнасыўын қоллап-қуўатлап, үлкен исеним билдирди.
Еслетип өтемиз, қолтаңба жыйнаў илажлары пүткил мәмлекетимиз бойлап 15-августқа шекем даўам етеди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги