Түркия менен биргеликте медицина бағдарында жаңа жойбарлар әмелге асырылады

Денсаўлықты сақлаў министри ўазыйпасын атқарыўшы Асилбек Худоёров Түркияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Олган Бекарди қабыллады. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.
Ашық ҳәм қызғын руўхта өткен ушырасыўда медицина тараўындағы бирге ислесиў нәтийжелери ҳәм келешектеги режелер тийкарында ҳәр тәреплеме пикир алысты.
Атап өтилгениндей, Түркия-Өзбекстан ушын жақын дос, исенимли бирге ислесиўши. Халықларымыз арасында туўысқанлық байланыслары тарийхый әҳмийетке ийе болып, соңғы жылларда еки тәреплеме қатнасықлар жедел пәтте даўам етпекте.
Әсиресе, Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 6-июль күни Түркияға рәсмий сапары өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиў, әсиресе, медицина бағдарындағы жойбарларды әмелге асырыўда жаңа бет ашты.
Ҳәзирги күнде еки мәмлекеттиң Денсаўлықты сақлаў министрликлери арасында емлениў орайларын қурыў, медициналық билимлендириў ҳәм менеджментти раўажландырыў, кадрлардың маманлығын арттырыў сыяқлы бир қатар бағдарларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғанын айтып өтиўимиз керек.
Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта Бухара мәмлекетлик медицина институты негизинде Денсаўлық билимлери университетиниң медицина факультети хызмет көрсетпекте. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткен жылы ашылған Мийирбийкелер академиясы Денаўлық билимлери университетиниң «Мийирбийкелер жумысы» факультети жумыс баслады.
Сондай-ақ, Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (TIKA) жәрдеминде орынларда наўқаслар ушын медициналық тексериўлер шөлкемлестирилип, оларда қурамалы хирургиялық операциялар өткерилип атырғаны ҳәм елимиздиң түрли аймақларындағы туўыў комплекслери керекли үскенелер менен тәмийинленгени өз-ара қатнасықлардың және бир әҳмийетли бағдары болып есапланады.
Сөйлесиў ўақтында А.Худоёров түркиялы жетекши қәнигелердиң қатнасыўында елимизде басланғыш медициналық-санитария жәрдемин раўажландырыў, медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў, денсаўлықты сақлаўды санластырыў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм фармацевтика тараўын жетилистириў бойынша бир қатар жойбарлар режелестирилип атырғанын айтып өтти. Сондай-ақ, ушырасыўда медициналық билимлендириў ҳәм дәри қуралларын дизимнен өткериў сыяқлы бир қанша мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Сәўбетлесиў жуўмағында елши мырза Түркия тәрепи Өзбекстан менен денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиўди және де избе-из ҳәм жоқары пәтте даўам еттириўге таяр екенлигин атап өтти.
ӨзА