Румыния дипломатиясы жыллық мәжилисинде Өзбекстан менен қатнасыққа түсиник берилди

Румынияның Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық хуқықлы елшиси Кристиан Чобану Бухарест қаласында болып өткен «Турақсыз дүньяда дипломатиялық ҳәрекет» темасындағы мәмлекет дипломатиясы жыллық мәжилисинде қатнасты.
Ташкенттеги елшихана ӨзАға хабар бериўинше, ушырасыўдың рәсмий ашылыў мәресими алдынан Президент Клаус Йоханнис ҳәм Бас министр Марсель Чолаку дипломатия ҳәм консуллық корпусы ағзаларын қабыл еткен.
Жыллық мәжилисти ашып берген сыртқы ислер министри Луминика Одобеску экономика ҳәм энергетика тараўындағы бирге ислесиўди диверсификациялаў, соның ишинде, Румынияның Орайлық Азия мәмлекетлери менен қатнасығы бағдарындағы ең әҳмийетли мақсетлерден бири екенин атап өтти. Сенат Баслығы Николае Чукэ де әнжуман қатнасыўшылары алдында шығып сөйлеп, халықаралық мәселелерге тоқтады.

Елши Даниэль Кристиан Чобану, өз гезегинде, Румыния менен Өзбекстан арасындағы қатнасық барлық реформаларда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Еки мәмлекет сыртқы ислер министрлериниң 2023-жыл 23-октябрьдеги ушырасыўы бирге ислесиўди беккемлеўге күшли түртки бергенин айрықша атап өтти.
-Усы жылдың өзинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Саўда-санаат палатасы, Прокуратура ҳәм Хуқық қорғаў академиясы делегациялары ўәкиллериниң усы Европа мәмлекетине сапары, сондай-ақ, Румыния мәмлекетлик кәрханалар мониторинги ҳәм баҳалаў агентлиги баслығының елимизге сапары ҳәр еки тәреп ушын жаңа имканиятлар ашты, – деп есабат берди елши.
2024-жыл 27-28-март күнлери Бухарест қаласында болып өткен автомобиль транспорты бойынша Румыния – Өзбекстан биргеликтеги комиссиясының мәжилиси де өз-ара қатнасықты беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы жылдың 29-июнь -3 июль күнлери Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық қатнасықлар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Р.Алимов басшылығындағы делегация ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы жазғы сессиясында қатнасыў ушын Румынияға барғаны да итибарға ылайық.

Бехруз Худойбердиев, ӨзА