Өзбекстанда инсан хуқықларын қорғаў бағдарында алып барылып атырған реформалар унамлы баҳаланды

Инсан хуқықларын үйрениў бойынша Қытай жәмийети турақлы комитети баслығының орынбасары Ц.Цзяньго басшылығындағы делегация Бас прокуратураға барды.
Ушырасыўда Бас прокурордың орынбасары С.Ортиқова делегация ўәкиллерине мәмлекетимизде инсан хуқықларына әмел етилиўи ҳәм оны қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Соның ишинде, Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған реформаларда «Инсан қәдири ушын» принципи баслы норма болып хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Кейинги жылларда инсан хуқықлары менен еркинликлерин тәмийнлеў кепилликлери, ҳаял-қызлардың хуқықларын қорғаў системасы жаңа дәрежеге шықты. Жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған сиясат ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң раўажланыўына айрықша итибар қаратып киятырғаны атап өтилди.
Тәреплер коррупция ҳәм терроризмге қарсы гүресиў тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында пикир алысты.
Делегация ўәкиллери тәрепинен Өзбекстанда инсан хуқықларын қорғаў бағдарында алып барылып атырған реформалар унамлы баҳаланды.
Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик сөйлесиў тәризинде өтти.
Н.Абдураимова, ӨзА