Өзбекстан-Кувейт бизнес форумы болып өтеди

Кувейттиң «Ал-Жарида» баспасының хабарына бола, мәмлекетимиздиң сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов август айында исбилерменлер ҳәм ҳүкимет ўәкиллери менен бирге усы мәмлекетке барады.
Елшиханамыздан мәлим етиўинше, делегациямыз Саўда-санаат палатасында өткерилиўи режелестирилген «Өзбекстан-Кувейт бизнес форумы»нда қатнасады.
– Өзбекстан делегациясы қурамынан 50 исбилермен, сондай-ақ туризм тараўы, санаат, саўда, қаржы, денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм Саўда- санаат палатасы ўәкиллеринен ибарат 15 жуўапкер орын алған,- деп жазған автор. – Әнжуман арқалы кувейтли исбилерменлер ҳәм инвесторлар менен табыслы байланыс орнатыў, саўда-экономикалық бирге ислесиў дәрежесин және де жоқары дәрежеге алып шығыў мақсет етилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан компаниялары тәрепинен жергиликли агентлер менен келисимлер дүзилип, кувейтли инвесторларды елимиздиң барлық тараўлардағы байлығы менен таныстырыў басламасы алға қойылады.
Дизимге киргизилген исбилерменлеримиз арасында азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, мийўе-овощ өнимлери, жеңил санаат, тоқымашылық, медицина буйымлары, кондитер өнимлери, қусшылық компаниларының ўәкиллери бар.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА