Исбилермен ҳаял-қызлардың пикир-усыныслары тыңланды

Президентимиздиӊ исбилерменлер менен ашық-айдын пикирлесиў илажына таярлық кѳриў шеӊберинде Саўда-санаат палатасы баслығыныӊ биринши орынбасары Нодира Умарованың қарақалпақстанлы исбилермен ҳаял-қызлар бенен дѳгерек сәўбети болып шѳлкемлестирилди.
Илажда Ѳзбекстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Озода Парпибаева, Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығыныӊ биринши орынбасары А.Сейтахов, Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен ўәкил Г.Халмуратова ҳәм 100 ден аслам исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.
Илажды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Қарақалпақстанда исбилермен ҳаял-қызлардыӊ жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнес тараўын буннан былай да раўажландырыўдан ибарат.
Ушырасыў даўамында исбилермен ҳаял-қызлар ѳзлериниң исбилерменлик жумысларына байланыслы машқалаларын ҳәм мүрәжатлерин билдирди. Сондай-ақ, илажда жаӊа бизнес жойбарларын әмелге асырыў бағдарында пикир-усыныслар тыӊланды.

Яғный, исбилерменлер тәрепинен тийкарынан жеӊиллетилген кредит ҳәм субсидия алыў, жер майданын ажыратыў ҳәм қарыйдар табыўда кѳмеклесиў, сырт елден жаӊа технологияларды алып келиў ҳәм салық тараўы бойынша кѳплеген мүрәжатлер билдирилди.
Исбилерменлер тәрепинен билдирилген мүрәжатлердиң көпшилиги сол орынныӊ ѳзинде ѳз шешимин тапты. Ал, айырымлары орынланыўы бойынша басшылыққа алынды.
Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасыныӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен исбилерменлигин баслаўды мақсет еткен бир топар ҳаял-қызларға субсидия тийкарында зәрүр әсбап-үскенелер тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги