Өзбекстанныӊ энергия секторы ҳәм қаржы базарын қоллап-қуўатлаўға 400 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылады

Бул ҳаққында Азия раўажланыў банкиниӊ мәмлекетимиздеги турақлы ўәкилханасыныӊ баспасөз хызмети мәлим етти. Онда атап өтилиўинше, АРБ Өзбекстан ҳүкиметиниӊ мәмлекеттиӊ қаржы базарларын беккемлеў ҳәм турақлы базарға бағдарланған энергетика секторын раўажландырыў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын улыўма баҳасы 400 миллион АҚШ доллары болған еки қарызды мақуллаған.
АРБныӊ Орайлық ҳәм Батыс Азия бойынша бас директоры Евгений Жуковтыӊ сөзине бола, жеке меншик сектордыӊ жедел қатнасыўы Өзбекстанныӊ экономикалық өсиўи ҳәм трансформациясы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.
– Бул бағдарламалар қоллап-қуўатлайтуғын реформалар тәртипке салатуғын уйымлар ҳәм компаниялар ушын турақлы ишки қаржы базарларын жаратыў ҳәм климат өзгериўи мәселелерин шешкен ҳалда энергияға болған талабын қанаатландырыў арқалы раўажланыўды хошаметлеўде өз ролин атқарыўы ушын қолайлы орталық жаратыўға жәрдем береди, – деп атап өткен Е.Жуков.
«Энергетика секторын реформалаў бағдарламасы»ныӊ 2-киши бағдарламасы ушын ажыратылған 300 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржы жеке меншик сектор инвестицияларын хошаметлеў ҳәм қаржы турақлылығын арттырыў мақсетинде энергетика секторыныӊ дүзилиси, ҳуқықый-нормативлик базасын ҳәм басқарыўды жетилистириўге қаратылған сиясат илажларын әмелге асырыў ушын бюджет жәрдемин береди.
Бағдарлама углерод шығындыларын азайтыў ҳәм энергияныӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Бул реформалардыӊ қатарына электр энергиясы базарын раўажландырыў бойынша илажлар режеси, бәсекини раўажландырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын еркин энергетика регуляторын жаратыў, орайлық сатып алыў ҳәм усақлап сатыў функцияларын ажыратыў ҳәм жаӊадан шөлкемлестирилген еркин шөлкемлерге өткериў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўды арттырыў, ыссықхана газлериниӊ шығындыларын азайтыў ҳәм мәмлекеттиӊ электр узатыў ҳәм тарқатыў тармағын модернизациялаў бойынша энергетика секторыныӊ бас режеси киреди.
«Қаржы базарларын раўажландырыў бағдарламасы»ныӊ 2-киши бағдарламасы ушын ажыратылатуғын 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылай операциялар ҳәм хызметлерди оптималластырыў ушын базар шараятларын жақсылаўға, сондай-ақ, Өзбекстанныӊ капитал ҳәм пул базарларыныӊ өсиўине талап ҳәм усынысты тәртипке салыўға қаратылған регулятор ҳәм институционаллық реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА