Мәмлекетимизде БМШ РБ турақлы ўәкили өзгерди

Акико Фудзии Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы (БМШ РБ) ныӊ Өзбекстандағы турақлы ўәкили ектип тайынланды. Системада 25 жыллық тәжирийбеги ийе бул қәниге Уллы Британиядағы Сассекс университетинде гендер ҳәм раўажланыў, Японияныӊ Киото университетинде гуманитарлық ҳәм экологиялық итзертлеў бағдарында магистрлық дәрежесин алған.
БМШ РБда жумыс алып барыўдан алдын ол раўажланыў мәселелери менен шуғылланатуғын түрли шөлкемлер, атап айтқанда, БМШтыӊ Венадағы санаатты раўажландырыў шөлекеми (УНИДО) ҳәм Киотодағы жәмийетшиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминде мийнет еткен.
Бул тайынлаўға шекем Мальдив атаўларында турақлы ўәкил, Вьетнамда турақлы ўәкилдиӊ орынбасары лаўазымларында жумыс ислеген, Фижидағы көп мәмлекетли уйымда ҳәм Ямайкада жумыс алып барған. Оныӊ кеӊ көлемли карьерасы Судан, Токио ҳәм Пакистандағы әҳмийетли ўазыйпаларды да өз ишине алады.
БМШ турақлы раўажланыў бағдарламасына садықлығы менен белгили Фудзии сыпатында климат өзгериўине байланыслы социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў, дағдарыслы, қарама-қарсылықлы жағдайларда кеӊ көлемли гуманитарлық жәрдемди басқарыў бойынша қәбилетли басқарыўшы болып есапланады. Ол барлық инсанлар әдалатлы ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиўи ушын басқарыў системасы бойынша мәсләҳәтлер бериўде бәрқулла белсенди.
ӨзА