Өзбекстан ҳәм ЮНФПА арасындағы бирге ислесиўди кеӊейтиў перспективалары додаланды

31-июль күни Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева БМТ Халықтаныў қорыныӊ (ЮНФПА) Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысы Нигина Абасзаде менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм ЮНФПА бирге ислесиўиниӊ бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, атап айтқанда, Қордыӊ жәрдеминде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жойбар ҳәм илажларға байланыслы мәселелер көрип шығылды, деп мәлимлеме береди сенат.уз
Сөйлесиў даўамында Өзбекстан аймақларыныӊ социаллық-экономикалық раўажланыў режелерин ислеп шығыўда бүгинги демографиялық процесслерди есапқа алыў, 2025-2026-жыллары халықты дизимге алыў бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Буннан тысқары, заманагөй технологияларды қолланыў тийкарында халықтыӊ саламатлығын сақлаў, репродуктивлик саламатлықты жақсылаў ҳәм кадрлардыӊ потенциалын арттырыўға қаратылған жойбарлардыӊ нәтийжелилигине ерисиў бойынша анық усыныслар алға қойылды.
Соныӊ менен бирге, республикада зорлыққа қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нызамларды турмысқа енгизиўде алдынғы тәжирийбелерден нәтийжели пайдаланыў мәселесинде пикир алысылды, бул бағдарда бирге ислесиўде айрықша илажлар ислеп шығылатуғыны белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги