Метан газдиң баҳасы және қымбатлады

271

Еки ай алдын 1-августқа шекем бир куб метр метан газдиң ең жоқары баҳасы 3750 сум етип белгиленген еди.

Бүгин бул мүддет жуўмақланды ҳәм автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшаларында тәбийғый газди сатыў баҳасы көбейди.

Ташкенттеги айырым газ толтырыў шақапшаларында бир куб метр газ 3950 сумнан сатылмақта, ўәлаятларда баҳа 4250 сумға шекем көбейгени айтылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги