Қадағалаў инспекциясы «Royal» анар шербетин талапқа жуўап бермейди деп тапты
«Royal» бренди астындағы анар шербети сапа талапларына жуўап бермеўи анықланды.
Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында бақлаў инспекциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылып ҳәм импорт етилип атырған өнимлердиң сапа ҳәм қәўипсизлиги турақлы үйренилип келинбекте.
Атап айтқанда, базарлар ҳәм саўда орынларында сатылып атырған «Royal» саўда белгиси астындағы анар шербети өними техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талабына қай дәрежеде сәйкес келиўи үйренилди.
Үйрениў нәтийжелерине бола, «Royal» саўда белгиси астындағы анар шербети өними тамғаланыўы бойынша UzTR.490-022:2017 «Азық-аўқат өнимлерин тамғалаў бойынша оның қәўипсизлиги ҳаққындағы улыўмалық техникалық регламент»тиң 8, 36, 53 ҳәм 58-бәнтлери талапларына муўапық емеслиги анықланды.
Аккредитленген сынаў лабораториясының жуўмағына бола «Royal» саўда белгиси астындағы анар шербети өниминиң қурамында «Азорубин, E 122» элементи белгиленген нормадан артық екени мәлим болды.
UzTR.490-022:2017 «Азық-аўқат өнимлерин тамғалаў бойынша оның қәўипсизлиги ҳаққындағы улыўмалық техникалық регламент»тиң 36-бәнтине муўапық, қурамында рең бериўшилер (E122 азорубин, E сары хинолин, FSF E110 сары «қуяш батыўы, AS E129 қызыл нур, 4R E124 понсо ҳәм E102 тартразин) азық-аўқат өнимлери ушын «Қурамында рең бериўши (рең бериўшилер) бар, олар балалардың ҳәрекетине ҳәм дыққатына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин» деген ескертиўши жазыў жазылыўы керек.
Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасының «Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында»ғы, «Стандартластырыў ҳаққында»ғы, «Метрология ҳаққында»ғы, «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамлары ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларын орынламаў нызамның бузылыўына алып келетуғыны ҳаққында ескертемиз, делинеди Техникалық жақтан тәртипке салыў тараўында қадағалаў инспекциясы хабарында.
Қарақалпақстан хабар агентилиги