Студентлердиӊ дыққатына: жатақхана ушын арза бериў процесслери басланды

Студентлердиӊ турақ жай ушын арза жибериў процесслери басланды. Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниӊ баспасөз хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, Министрлер кабинетиниӊ 376-санлы қарары менен тастыйықланған регламентке тийкарланып 1-августтан баслап студентлердиӊ арзаларын my.gov.uz порталы арқалы жибериўи мүмкин болады.
Регламентке муўапық дәслеп жеӊиллик ҳәм үстинликке ийе талабанлар студентлер турақ жайларына қабыл етиледи. Буннан соӊ, улыўма дизимдеги студентлер ушын жатақханада аўысып қалған орынлардыӊ санына қарап гезек пенен бөлистириледи.
Мәлим етилиўинше, 1-курс студентлери ушын жатақхананыӊ 55-65 проценти, 2-курс студентлери ушын 15-20 проценти, 3-курс ҳәм оннан жоқары студентлери ушын 20-25 проценти ажыратылады.
Арзалардыӊ қабыл етилиўи 1-августтан баслап оқыў жылыныӊ ақырына шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги