Елликқалалы исбилерменлер өзлериниң машқалаларын ҳәм усынысларын билдирди

Соңғы жылларда исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға үлкен әҳмийет берилип атыр. Атап айтқанда, исбилерменлердиң машқалаларын ҳәм пикир-усынысларын тиккелей үйрениў, исбилерменликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша ҳәр жылы ашық-айдын, еки тәреплеме сәўбетлесиўлер өткерилип, қарым-қатнасықлар жолға қойылмақта.
Усындай ашық сәўбетлесиўлердиң гезектегиси ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Елликқала районында шөлкемлестирилди. “Исбилерменлер менен ашық-айдын сәўбетлесиў” жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген бул семинарға Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы, район ҳәкимлиги, жуўапкер шөлкемлер, исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери қатнасты.
Семинарда сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бойынша кең көлемли реформалар алып барылып атырғанлығын атап өтти.
Қатнасыўшыларға исбилерменлер ушын жаратылған жеңилликлер, банклер тәрепинен физикалық тәреплер ушын берилип атырған кредитлер, кредит түрлери ҳәм шәртлери, керекли ҳүжжетлер, финанслық түсиниклер, бюджетлестириў, үнемлеў, инвестиция киргизиў ҳәм басқа да мәселелер бойынша түсиниклер берилди.

Социаллық тармақлардағы ақшаға қызықтырыўшыларға, ҳәр қыйлы алдаўларға, ойынларға исенбеў, пулларды аманатта сақлаў, банклердеги аманатлар, субсидия ажыратыў ҳәм тәлим кредити бойынша да толық мағлыўматлар берилди. Буннан тысқары усы жойбар шеңберинде исбилерменлердиң усыныслары менен машқалалары тыңланды. Атап айтқанда, Бостан мәҳәллесинде жасаўшы пуқара М.Базарбаева өз мәҳәллесинде көшпели дүкан қурыў ушын жер майданын ҳәм жеңиллетилген кредит алыўда жәрдем сорады. Тағы бир исбилермен Наўрыз ЖШЖ баслығы электр энергиясының қымбатлағаны өндириске унамсыз тәсир көрсеткенлигин, бул өнимлердиң баҳасы артыўына алып келип атырғанлығын айтып, бул мәселени қайта көрип шығыўды сорады. Жеке исбилермен Р.Ибрагимов қойын көбейтпекши екенлигин, бул ушын жеңиллетилген кредит кереклигини айтып өтти.
Ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен көтерилген машқала ҳәм усыныслардың көпшилигине банк тараўы ўәкиллери ҳәр тәреплеме түсиник берди. Көтерилген мәселелердиң айырымларын тийисли шөлкемлер менен биргеликте үйренип шығыўға ҳәм қадағалаўға алыўға келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги