НМПИ профессор-оқытыўшылары «ТОП-200»лик дизимине кирген университетте қәнигелигин арттырып қайтты

Соңғы жылларда мәмлекетимизде жоқары билимлендириў системасын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, «ТОП-1000»лық дизимге киретуғын жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў орайлары менен еки тәреплеме байланысларды орнатыў арқалы халықаралық тән алынған заманагөй билимлендириў стандартлары ҳәм технологияларын өзлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.
Бунда, әлбетте, сырт еллердеги ең алдынғы жоқары оқыў орынларында шөлкемлестирилип атырған қәнигелигин арттырыў, тәжирийбе алмасыў курсларында қатнасыўдың әҳмийети үлкен.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 35 профессор-оқытыўшысы «QS World University Rankings» халықаралық рейтинг шөлкеми тәрепинен дүньяның ең алдынғы «ТОП-200»лик дизимине киргизилген Қазақстан Республикасының Әл-Фарабий атындағы Қазақ миллий университетинде қәнигелигин арттырыў курсында қатнасып, сертификатларға ийе болды.
– Әл-Фарабий атындағы Қазақ миллий университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты арасында дүзилген меморандум шеңберинде усы жылдың июнь-июль айлары даўамында шөлкемлестирилген қәнигелигин арттырыў курсында институтымыздың педагогика ҳәм психология, шет тиллери, сондай-ақ, ана тили ҳәм әдебияты, анық ҳәм тәбийғый пәнлер, мәлимлеме технологиялары тараўлары бойынша профессор-оқытыўшылары өз ара тәжирийбе алмасты,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Курслар даўамында билимлендириўге санлы технологияларды енгизиў, атап айтқанда, мәлимлеме-коммуникация технологияларының имканиятлары ҳәм электрон ресурслардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жаңа көнликпелерди өзлестирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги