Жаңа системаның абзаллықлары түсиндирилди

Ҳәзирги ўақытта «Экспорт үш қәдемде» системасы енгизилип, орынларда оның абзаллықлары бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының жуўапкер бөлим қәнигелери ҳәм бажыхана постларының ўәкиллери тәрепинен аймақларда жумыс алып барыўшы бажыхана рәсмийлестириўи қәнигелери ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын орынларға шыққан ҳалда «Экспорт үш қәдемде» системасының қолайлықлары туўралы оқыў-әмелий сабақлары өткерилип, оларға система бойынша толық мағлыўматлар берилмекте.

Усындай ушырасыўлардың гезектегиси аймақтағы ири экспортёр кәрханалардың бири, Қоңырат районында жайласқан “Uz-Kor Gas Chemical” ЖШЖ қоспа кәрханасында болып өтти. Онда өнимлерди экспорт етиў барысында система қолайлықларынан пайдаланып, қәрежетлерди ҳәм ўақытты жумсаўды азайтыўға ерисиў бойынша түсиниклер берилди.
Соның менен бирге, ушырасыў даўамында бажыхана рәсмийлестириўи қәнигелериниң системаны еле де жетилистириў бойынша пикир-усыныслары тыңланып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги