Өзбекстан- Тәжикстан: перспективалы бирге ислесиўге және бир қәдем

208

Аўыл хожалығы министри Ибраҳим Абдураҳмоновтың басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Тәжикстан Республикасы Сўғд ўәлаятына сапары шеңберинде ўәлаят баслығы Ражаббой Аҳмадзода ҳәм аўыл хожалығы министри Қурбон Ҳакимзода менен бийдай, ғәлле, салы жетистириў, пиллешилик, бағшылықты раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер алып  барылды.

Сөйлесиў даўамында Илимлер академиясына қараслы ҳәм жақын аймақтағы 113 гектар майданды шәртнама тийкарында ажыратыў, сондай-ақ жерди таярлаў, егин егиў ҳәм өсириў бойынша тәреплер миннетлемеси белгилеп алынды.

Сондай-ақ, қоңсы мәмлекетке сапалы бийдай туқымын жеткерип бериў, заманагөй суўғарыў ҳәм өсириў технологияларын әмелиятқа енгизиў, Сўғдта Дәнли ҳәм масақлы егинлер илимий-изертлеў институты тәжирийбе майданын шөлкемлестириў ушын Тәжикстан Аўыл хожалығы илимлер академиясына қараслы 10 гектар жерди ажыратыўға қарар етилди.

Келисим тийкарында 1000 гектар жерге Өзбекстан тәжирийбеси тийкарында салы егиледи, 25 гектар нәтийжесиз бағ бийғәрез тийкарда интенсив бағқа айландырылады, Хатлон ўәлаятындағы 14 мың гектар майдан пайдаланыўға тапсырылып, салы жетистириў ушын басқышпа-басқыш өзлестириледи.

Тәреплер 1-ноябрьге шекем Тәжикстанға 17 дана заманагөй тигиў үскенеси, 1 топлам пилле ораў үскенеси және 500 мың дана интенсив тут нәлин жеткерип бериў мәселеси ҳәм «Хўжанд атлас» кәрханасы негизинде биргеликтеги пиллешилик комплексин шөлкемлестириў жойбарын додалады.

Сөйлесиў соңында 1-октябрьге шекем Сўғдта шөлкемлестирилген АКИС имаратын оңлаў, компьютер ҳәм мебель менен үскенелеў және өзбек туқымы ҳәм нәлин сатыўға  мөлшерленген арнаўлы дүкан шөлкемлестириў, минерал төгин экспортын жолға қойыў бойынша да сөйлесип алынды.

М.Пирматова, ӨзА