Өзбекстанды регионаллық медициналық хабқа айландырыў – система алдында турған тийкарғы ўазыйпа

Денсаўлықты сақлаў министрлигинде АҚШтыӊ мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Хеник ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) ҳәм Кеселликлерди қадағалаў ҳәм алдын алыў орайы (CDC) ўәкиллери менен ушырасыўы болып өтти.
ДСМ баспасөз хызметиниӊ хабарына бола, сөйлесиў даўамында елимизде денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў бойынша кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Онда халықтыӊ барлық қатламларын маман медициналық хызметлер менен қамтып алыў, басланғыш буўынды жетилистириў, қәнигелестирилген медициналық жәрдемди халыққа және де жақынластырыў, тараўды санластырыўға үлкен әҳмийет қаратылмақта.
Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысыныӊ усы жыл 22-январьдағы тийисли қарарына тийкарланып министрлик структурасында «Денсаўлықты сақлаў жойбарлары орайы» жойбар офиси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде медицинадағы реформаларды жеделлестириў ҳәм олардыӊ нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде АҚШ, Канада ҳәм басқа бир қатар раўажланған мәмлекетлерден жетекши халықаралық экспертлер жедел тартылып атыр.
Ушырасыўда Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўи ҳаққында сөз етилип, денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлар мәмлекетимиз медицинасын және де раўажландырыўға хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.
Мысалы, ҳәзир Денсаўлықты сақлаў министрлиги усы мәмлекеттиӊ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID), Кеселликлерди қадағалаў ҳәм алдын алыў орайы (CDC) ҳәм басқа абырайлы шөлкемлери менен туберкулёз ҳәм өпке кеселликлериниӊ алдын алыў, медицина мәкемелерин арнаўлы үскенелер менен үскенелеў, гепатит В ҳәм С ҳәм басқа жуқпалы инфекцияларға қарсы гүресиў, санитария-эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў сыяқлы бир қатар бағдарларда тығыз бирге ислеспекте.
– Өзбекстан ҳәм АҚШ – стратегиялық бирге ислесиўшилер. Биз глобал көлемде соныӊ менен бир қатарда, елииӊизде медицинаны раўажландырыўға өз үлесимизди қосып киятырғанымыздан қуўыншлымыз, – деди Ж.Хеник. – USAID тәрепинен мәмлекетиӊиз ушын ажыратылып атырған грантлардыӊ 40 проценти әйне денсаўлықты сақлаў тараўындағы бағдарламаларға қаратылып атырғаны бул мәселеге соӊғы ўақытлары да үлкен итибар қаратып атырғаныӊыздан дәрек береди. Биз кейиншели де Өзбекстанға қолымыздан келгенше жәрдем көрсетиўге таяр екенимизди билдиремиз.
Сәўбет барысында атап өтилгениндей, Өзбекстанда тек ғана жергиликли халық емес, ал қоӊсы мәмлекетлерден пуқаралар келип, сапалы медициналық хызметлерден пайдалана алатуғын регионаллық хабқа айландырыў система алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири болып табылады. Бул мақсетке ерисиў ушын, бәринен бурын, заманагөй инфраструктура ҳәм жоқары маман қәнигелер керек. Министрдиӊ ўазыйпасын атқарыўшы Асилбек Худоёров мәмлекетимиз усы бағдарда АҚШ тәжирийбеси ҳәм жәрдеминен пайдаланыўдан мәпдар екенин билдирди.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында барлық бағдарларда жоқары маман кадрларды таярлаў, кеселликлерди профилактикалаў мақсетинде дәслепки амбулатор хызметти раўажландырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, қәнигелескен жоқары технологиялық медициналық жәрдемди жетилистириў, санластырыў ҳәм қамсызландырыў механизмлерин енгизиў, биргеликте илимий изертлеўлер алып барыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин орнатыў бойынша өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Моҳигул Қосимова, ӨзА