Жеңимпаз нуранийлер анықланды

Қоңырат районындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Бир нураный он жасқа жуўапкер” таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Оған «Бир нураний он жасқа жуўапкер» принципи тийкарында өзлери жасап атырған мәҳәллелерде тәрбиясы аўыр, жәмлеспеген жасларға бириктирилген заманагөй пикирлейтуғын, үлкен өмир тәжирийбесине ийе нуранийлер қатнасты.
Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасы «Нураний қоры» бөлиминиң баслығы Т. Абдижаббаров, Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары А. Мамутовлар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Таңлаў 3 шәрт бойынша өткерилди. Нуранийлер дәслеп өзлериниң өмир жолы менен таныстырды, олардың өз жумыслары бойынша таярлап келген фотоальбомлары ҳәм видеороликлери төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.
Жарыс жуўмағында “Бостан” мәкан пуқаралар жыйынынан қатнасқан белсенди нураний З. Бабажанова 1-орынды, «Жиңишке» мәкан пуқаралар жыйынынан С. Жангабаев 2-орынды, «Санаат» мәкан пуқаралар жыйынынан Қ. Курбанбаев 3-орынды ийеледи. Биринши орын жеңимпазы республикалық басқышқа жоллама алды.


Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы “Нураний қоры” тәрепинен ақшалай сыйлықланды.
Және де сектор көлеминде өткерилген жарыста белсендилик көрсеткен ҳәм «Бир нураний он жасқа жуўапкер» принципи бойынша бириктирилген нуранийлер Қоңырат районы “Нураний қоры” бөлими тәрепинен ылайықлы сыйлықланды.
Таңлаў даўамында районлық Мәденият орайы хызметкерлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги