Сиясий партиялардың ўәкилликке ийе ўәкиллери дизимге алынды

Сайлаў – 2024
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти. Онда сиясий партиялардың ўәкилликке ийе ўәкилин дизимге алыўға байланыслы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып депутатлыққа талабанлар көрсеткен сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, қолтаңба бетлери дурыс толтырылғанын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ушын өзиниң ўәкилликке ийе ўәкилин тайынлаўға ҳақылы.
Ўәкилликке ийе ўәкилди дизимге алыў Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған Сиясый партияның ўәкилликке ийе ўәкили ҳаққындағы режеге муўапық әмелге асырылады. Оған бола сыясий партия жоқары уйымының баслығы сайлаў кампаниясы басланғаны рәсмий жәрияланған күннен баслап бес күнлик мүддетте өзиниң ўәкилликке ийе ўәкилин тайынлайды ҳәм оны дизимнен өткериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына тийисли ҳүжжетлерди усынады.
Сол себепли, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған сиясий партиялар басшылары өзлериниң ўәкилликке ийе ўәкиллерин тайынлап, оларды дизимнен өткериў ушын дәслепки мәрте «E-saylov» мәлимлеме хызмети арқалы ОСКға мүрәжат етти.
Мәжилисте Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы басшылары усынған ўәкилликке ийе ўәкиллерге тийисли ҳүжжетлер көрип шығылды.
Буннан кейин ўәкилликке ийе ўәкиллерди дизимге алыў ҳәм оларға белгиленген түрдеги мандатты бериў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алыў процесслери «E-saylov» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылды ҳәм ўәкилликке ийе ўәкиллерге мандатлар электрон көринисте система арқалы берилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА хабаршысы