Жергиликли кеӊес депутатларыныӊ сайлаўшылар алдында мәлимлеме бериўиниӊ тәртиби ислеп шығылды

350

Конституцияда жергиликли ўәкиллик ҳәм атқарыў уйымларыныӊ ўәкилликлери бир-биринен ажыратылғаны жергиликли кеӊеслердиӊ жумысын күшейтти.

Кеӊеслердиӊ ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери анық белгилеп қойылғаны депутатлардыӊ аймақлардағы машқалаларға өз ўақтында мүнәсибет билдириў, зәрүр жағдайларда керекли илажларды көриўин талап етеди.

Усы мақсетте Олий Мажлис Сенаты тәрепинен халық депутатлары жергиликли кеӊеслердиӊ депутатлары тәрепинен өз сайлаўшылары алдында мәлимлеме бериўиниӊ үлги тәртиби ислеп шығылды.

Усы үлги тәртипти республикадағы барлық жергиликли кеӊеслердиӊ депутатлары жумысында енгизиў мақсетинде Наманган, Әндижан, Ферғана ўәлаятлары менен zoom платформасы арқалы семинар шөлкемлестирилип, оныӊ мазмун-мәниси қәнигелер тәрепинен депутатларға жеткерилди.

Атап айтқанда, усы үлги тәртип пенен депутаттыӊ мәлимлеме бериўин шөлкемлестириў, сайлаўшыларда мәлимлеме берилетуғын орын ҳәм ўақыт ҳаққында алдыннан хабардар етиў, мәлимлеме бериў процесинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиӊ қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм олардыӊ усы процесстеги ўазыйпалары белгилеп берилген.

Соныӊ менен бирге, депутат мәлимлемесинде атап өтилиўи керек болған мағлыўматлар ҳәм оларға қойылған талаплар, сайлаўшылар менен ушырасыўда анықланған машқалалы жағдайларды үйрениў ҳәм оларды депутат тәрепинен шешиў сыяқлы әҳмийетли нормалар белгиленген.

Мәжилис жуўмағында усы үлги тәртипти әмелиятқа енгизиў арқалы жергиликли кеӊес депутатларыныӊ өз сайлаўшылары алдында мәлимлеме бериў процесслерин системаластырыў, онда бирдей көзқарасларды тәмийинлеў ҳәм ушырасыўларда сайлаўшылар тәрепинен көтерилген мәселелердиӊ шешилиўи үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды орнатыўға ерисилиўи зәрүр екени атап өтилди.

Н.Абдураимова, ӨзА