Нөкистен Қазақстанның Манғыстаў ўәлаятына поезд қатнаўы жолға қойылады
343

Нөкистен Қазақстанның Манғыстаў ўәлаятына усы жыл 22-августтан поезд қатнаўы жолға қойылады. Бул ҳаққында «Ўзтемирйўлйўловчи» баспасөз хызмети хабар берди деп хабар береди xs.uz.
Нөкис- Манғыстаў жөнелиси ҳәптениң пийшемби, шемби, шийшемби күнлери Манғыстаў-Нөкис жөнелиси болса жума, екшемби, сәршемби күнлери әмелге асырылатуғыны режелестирилген.


Қатнаў ўақытлары:
Нөкистен кетиў – 20:16, Манғыстаўға жетип барыў – 17:14;
Манғыстаўдан кетиў – 18:54, Нөкиске жетип барыў – 15:22.
Аралық 21 саатқа шамалас ўақытты қурайды.
Билетлерди темир жол билетханаларынан, сондай-ақ, электрон тәризде eticket.railway.uz сайтынан сатып алыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентилиги