Жаӊа “HET BILLING” системасы иске қосылыўы мүнәсибети менен профилактикалық жумыслар алып барылады

347

Алдын хабар берилгениндей, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ тәрепинен жаӊа “HET BILLING” бағдарламалық комплексиниӊ иске қосылыўы нәзерде тутылған.

Усы мүнәсибет пенен 2024-жыл 31-июль саат 23:50 ден 5-август саат 22:00 ге шекем Мағлыўматларды қайта ислеў орайында профилактикалық жумыслар алып барылады.

Усы ўақыт аралығында электр энергиясы ушын онлайн төлемлерди әмелге асырыў ҳәм жеке есап номердеги мағлыўматларды алыўда техникалық үзилислер бақланыўы мүмкин.

Сондай-ақ, пайдаланыўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде әйне усы мүддетте қарыздар пайдаланыўшылар автоматикалық тәризде тармақтан ажыратылмайды.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА