Аэрогеодезия орайы қандай жумысларды әмелге асырады?

Республика Аэрогеодезия орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тийкарынан топография-геодезия, картографияға тийисли изертлеў ҳәм жерлерди аралықтан зондлаў, геодинамикалық изертлеў мағлыўматлары ҳәм материалларынан пайдаланған ҳалда картографиялық мониторингти әмелге асырыў, ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң шегараларын белгилеў, жер дүзиўге тийисли комплексли илажларды орынлаўға бағдарланған жойбарлаў-излеў ҳәм изертлеў жумысларын орынлап, жерлерди хатлаўдан өткериў, мәмлекетлик жер кадастрын жүргизиў ушын зәрүр мағлыўматларды таярлаў жумысларын алып бармақта.
Бөлим тәрепинен 2024-жылдың биринши ярым жыллығында белгиленген тапсырмалар ҳәм өз ўазыйпаларынан келип шығып, бир қатар жумыслар әмелге асырылған.
– Президентимиздиң басшылығында 2023-жыл 21-ноябрь күни кеңейтилген тәризде өткерилген видеоселектор мәжилисинде кадастр тараўы ушын кадрлар таярлаў, олардың әмелиятын өтеўи ушын Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен бөлим арасында тармақлық келисимге қол қойылып, жоқары билимлендириў шөлкеминиң кафедра филиалларының жумыслары шөлкемлестирилди,-дейди усы бөлим директоры Ж.Чимбаев.
Бөлимде хызметкерлердиң маманлығын арттырыўда 2 хызметкер өз бағдарлары бойынша Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы мәмлекетлик тилде жумыс жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм билимлерди жетилистириў орайында ҳәм Москва мәмлекетлик университетиниң геодезия ҳәм картография федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў шөлкеминде илимий тәжирийбе арттырып тийисли сертификатларға ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-октябрьдеги 405-санлы қарарында геокосмослық мағлыўматлар миллий инфраструктурасын Өзбекстан Республикасының Миллий координаталар системасында, халықаралық стандартлар тийкарында енгизиў белгиленген.
Миллий координаталар системасын енгизиў мақсетинде бөлим тәрепинен өткен 6 ай даўамында 125 пунктте GPSте геодезиялық өлшеў жумыслары әмелге асырылды.
Мәмлекетлик геодезия пунктлери мағлыўматлары менен тәмийинлеўди санлы технологияда әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы бойынша 50 дана, соннан Қарақалпақстан Республикасында 6 дана турақлы ислейтуғын GNSS станциялары реал ўақытта геодезия мағлыўматларын узатып турыпты.
Қарақалпақстан Республикасының алыс аймақларында мәмлекетлик геодезия пунктлери мағлыўматларын узатыў ушын Республика аэрогеодезия орайы тәрепинен қосымша 12 турақлы ислейтуғын GNSS станцияларын орнатыўдың биринши басқыш жумыслары жуўмақланды.
Оның абзаллығы геодезиялық жумысларды орынлаўшы шөлкемлер, пунктлерден пайдаланып, өлшеўге кеткен ўақытты ҳәм қәрежетлерди азайтыўында көринеди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-октябрьдеги 405-санлы қарары тийкарында Кадастр агентлиги тәрепинен жәми 12 өлшеў қураллары берилди ҳәм 2 заманагөй компьютер техникасы алынды. Сондай-ақ, жаңа Кердо топография программалық тәмийнаты алып орнатылды.
Сондай-ақ, бөлимимиз тәрепинен ҳәкимшилик-аймақлық бирликлердиң шегараларын белгилеў бойынша да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Жер ресурсларын хатлаўдан өткериў ҳәм электрон аўыл хожалығы карталарын жаратыў бойынша Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 23-апрельдеги 299-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бөлим тәрепинен 2024-жылдың өткен 6 айы ушын арналған реже-графикке тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы менен шегаралас Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары, сондай-ақ, 24 район, 1 қалаша ҳәм 7 аўылдың аймақлық бирлик шегараларын белгилеў жумыслары әмелге асырылды.
Соның менен бирге, Халық депутатлары Кеңеслериниң қарарлары менен 20 район, 1 қалаша ҳәм 7 аўылдың аймақлық бирлик шегараларын белгилеў жумыслары нәтийжелери тастыйықланды.
Қарақалпақстан Республикасы менен шегаралас Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары, сондай-ақ 4 районның шегара сызығы, характеристикалары ҳәм картографиялық сызылмалары таярланып, аймақлық комиссияларға, көрип шығыў ушын Халық депутатлары Кеңеслерине киргизилди.
2024-жылдың өткен 6 айы даўамында Қанлыкөл районында жер ресурсларын хатлаўдан өткериў ҳәм электрон аўыл хожалығы карталарын жаңалаў жумыслары әмелге асырылды.
Хатлаў жумыслары нәтийжесинде анық жер есабын жүргизиў ушын электрон аўыл хожалығы карталары жаратылып, мағлыўматлар базасы қәлиплестирилди. Бос жер майданлары анықланды, жер майданларының мақсетли пайдаланылыўы үйренилди.
Буннан тысқары бөлим тәрепинен хожалық есабынан усы жылдың өткен 6 айы даўамында 2 шәртнама дүзилип, олар «UZTELEKOM» Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен қала ҳәм районларда OTAL кабель жолларында геодезиялық жойбарлаў-излеў жумыслары ҳәм автомобиль жоллары Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен жергиликли әҳмийеттеги жолларда хатлаў жумыслары әмелге асырылды.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги