Өзбекстанда ўақтыншалық жумыссызлар ушын напақа төленеди  -Нызам жойбары

875

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқылыўда концептуаллық жақтан көрип шығылды. Бул ҳаққында төменги палата баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарының мақсети мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы, оны шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў төлемлерин төлеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға қаратылғаны менен әхмийетли болып есапланады.

Нызам жойбары менен мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төленетуғын «кеселлик» (жумысшылардың наўқаслығы себепли мийнетке жарамсызлығы дәўири ушын) «декрет» (ҳаяллардың туўғанға шекем ҳәм туўғаннан кейинги дәўири ушын) ҳәм «жумыстан босатыў напақасы» (пуқаралардың ўақтынша жумыссызлығы дәўиринде) тәртипке салынады.

Сондай-ақ, нызам жойбарында Социаллық қамсызландырыў қоры тәрепинен халықты қамсызландырыў системасы енгизилиўи белгиленбекте.

Белгили болғанындай, инсан өмири ҳәм жумысы даўамында ўақтынша мийнетке уқыплылығын жоғалтқанында (өзи яки перзенти кесел болғанында, қысқа емлениўде, туўыў дәўиринде) яки жумыссыз қалғанында социаллық қамсызландырыў қоры есабынан социаллық қоллап-қуўатланады.

Нызам жойбары менен бул процесс үш басқышта әмелге асырылыўы белгиленбекте. Атап айтқанда, биринши басқышта 2025-жылы 1-июльден баслап барлық қамсызландырылған ҳәялларға, олардың бәнтлик ҳәм мийнет ҳақысының түри, қамсызландырыў  дәрегине қарамастан, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы төлеп бериледи.

Екинши басқышта болса 2026-жылы 1-январьдан барлық қамсызландырылған физикалық шахсларға, олардың бәнтлик ҳәм мийнет ҳақысы түри, қамсызландырыў дәрегинен қарамастан, ўақтыншалық мийнетке жарамсызлық напақасы төлеп бериледи. Кейин болса Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларына тийкарланып қамсызландырылған шахсларға жумыссызлық напақасы ҳәм басқа түрдеги төлемлер енгизиледи.

Депутатлардың атап өткениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи хызмет түрине қарамастан ислеп атырған хызметкерлерге ўақтыншалық мийнетке жарамсызлық напақасы, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы ҳәм жумыстан босатыў напақасын толық төлениўине, социаллық белсенди халықтың кәмбағал шаңарақлар қатарына түсип қалыўын алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаўларда нызам жойбарын және де жетилистириў, пухта жағдайға келтириў бойынша бир қатар усынысларды алға қойды. Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқылыўда қабыл етилди,-деп жазады xs.uz сайтында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги