Дзюдо бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Шарофиддин Балтабаев Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларында медаллар ушын гүрести даўам еттиреди.
Ол шерек финалда қубла кореялы Ли Жун Хванға жеңилип қалды. Енди Шарофиддин қола медалы ушын өтиў басқышында тәжикистанлы Сомон Маҳмадбековке қарсы беллесиўге шығады.
Бул беллесиў Өзбекстан ўақты менен саат 19:00 дан соң басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.