АҚШтың мәмлекетлик қарызы тарийхында биринши мәрте $35 триллионлық шыңнан асты. Мәмлекеттиң қаржы министрлиги жәриялаған мағлыўматлар соны көрсетпекте.

Қурама Штатлардың мәмлекетлик қарызы жыл басында $34 триллионнан асқан еди. АҚШ конгрессиниң бюджет басқармасы прогнозына бола, 2034-жылға барып мәмлекеттиң мәмлекетлик қарызы 50 трлн доллардан асады, яғный АҚШ жалпы ишки өниминиң 122 процентинен көбирегин қурайды.

12-июль сәнесинде дүнья мәмлекетлериниң жәми мәмлекетлик қарыз көрсеткиши 100 трлн долларлық шоққыға көтерилгени ҳәм глобал экономикасына салыстырғанда асығыс пәтлерде өсип баратырғаны ҳаққында хабар берилген еди.

Халықаралық валюта қорының байланыслар бойынша директоры Жули Козактиң айтыўынша, АҚШтың соңғы жыллардағы ис-ҳәрекетлери ақыбетинде мәмлекет бюджети дефицитлиги жүдә жоқарылап кеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги