Татыўлық, аўызбиршилик-тынышлығымыздың ең тийкары болып есапланады. Елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң дослығы бул байланысларды және де беккемлеп, раўажланыўларға тийкар жаратпақта.
Тақыятас районында да түрли миллет ўәкиллери аўызбиршиликте жасап келмекте. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими басламасы менен 30-июль «Миллетлер аралық татыўлық күни» мүнәсибети менен район аймағында «Миллетлер аралық татыўлық ҳәптелиги» жәрияланып, ҳәр бир мәҳәлледе түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сәўлелендириўши руўхый ағартыўшылық илажларын өткериў жолға қойылды.
Усы мүнәсибет пенен райондағы «Найманкөл» ҳәм «Кенегес» АПЖ да «Өзбекстан улыўма үйимиз» атамасындағы илаж көтериңки руўхта өткерилди. Өткерилген илажларда түрли миллет ўәкиллериниң миллий үрп әдет ҳәм дәстүрлери көрсетилип, олардың миллийлигине деген ҳүрмет, иззет билдирилди. Илажға жуўапкер қәнигелер менен көше бий апалар қатнасып, миллетлер аралық татыўлық ҳаққында өз пикирлерин билдирип, жасларды бул мүнәсибетлерди беккемлеўге шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.