Париж Олимпиадасының бүгинги жарысларында республикамыздың мақтанышы есапланған Зайнаб Дайыбекова Токио Олимпиадасының сыйлы орын ийеси қубла кореялы Жису Йонға 11:15 есабында жеңилип, Олимпиаданы биринши басқышта-ақ жуўмақлаўға мәжбүр болды.
Ал, дзюдошымыз Шукуржон Аминова дәслепки басқышта кот д’ивуарлы палўанды үш шидо есабынан жеңип шыққан болса, Шукуржон Аминова грузиялы Етери Липартелианиден жеңилип қалды.
Ерлер арасында 73 кг салмақта қатнасып атырған дзюдошымыз Муроджон Йўлдошев та бүгин өзиниң беллесиўин қазақстанлы Данияр Шамшаев пенен өткерди ҳәм оны жеңип шығыўға миясар болды.
Сондай-ақ, жүзиўшилеримизден Илья Сибирцев 800 метр аралыққа жүзиў жарысында 7:56.67 нәтийже көрсетип, бәйгиге төртинши болып келди ҳәм келеси басқышқа шығыў үмитинен дерлик айырылды.
Бокс бойынша -63,5 кг салмақта Азия ҳәм жәҳән чемпионы Руслан Абдуллаев Олимпиада ойынларындағы дәслепки беллесиўин өткерди ҳәм мексикалы қарсыласын 5:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.