Қырғыз Республикасы Бас прокуроры М.Асаналиевтиӊ мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Йўлдошев Қырғызстанға әмелий сапар менен барды.
Сапар шеӊберинде Өзбекстан прокуратура уйымлары делегациясы Шанхай бирге ислесиў шөлкемине (ШБШ) ағза мәмлекетлер Бас прокурорларыныӊ 22-мәжилисинде қатнасты.
Мәжилисте санластырыў дәўиринде прокуратура уйымларыныӊ жумысына байланыслы мәселелер додаланып, жаӊа қәўиплерге қарсы гүресиў бағдарында тәжирийбе алмасылды.
Илаж шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тема бойынша баянат жасады.
Мәжилисте Беларусь, Ҳиндстан, Иран, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан прокуратура уйымлары ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша Бас прокурорлар тәреплердиӊ ШБШ шеӊбериндеги бирге ислесиўди және де беккемлеўге умтылысын тастыйықлаўшы мәжилис протоколына қол қойды.
***
Қырғыз Республикасына сапары шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы делегациясы Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) Бас прокурорлары кеӊесиниӊ 3-мәжилисинде қатнасты.
Мәжилисте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиӊ бас прокуратуралары арасында заманагөй глобал қәўиплерге нәтийжели тәсир көрсетиў илажлары додаланды.
Илажда, сондай-ақ, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия Бас прокурорлары ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми секретариятыныӊ басшылығы қатнасты.
Ушырасыў шеӊберинде тәреплер ТМШға ағза мәмлекетлер прокуратура уйымлары арасындағы бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли бағдарларын додалады. Шөлкемлескен трансмиллий жынаятшылыққа қарсы гүресиўде ис-ҳәрекетлерди беккемлеўдиӊ әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер ТМШ Бас прокурорлары кеӊеси 3-мәжилисиниӊ Декларациясына қол қойды.
* * *
Өзбекстан Бас прокуроры Н.Йўлдошев ҳәм Қырғызстан Бас прокуроры М.Асаналиев арасында ушырасыў болып өтти.
Илаж даўамында тәреплер еки мәмлекеттиӊ ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиӊ бүгинги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыўдыӊ тийкарғы бағдарларын додалады.
Ушырасыў жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қырғыз Республикасы Бас прокуратурасы арасында 2024-2026-жылларға мөлшерленген Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Н.Абдураимова, ӨзА