Өзбекстанда саўда жумысы менен шуғылланыўшы 142 мың 201 юридикалық шахс тәрепинен 2024-жылдың январь-июнь айларында 11,9 трлн сумнан аслам салық төленген. Бул ҳаққында Салық комитети баспасөз хызмети хабар берди.

Мәлим етиўинше, соның 1,2 трлн сумы, яғный 10 проценти 20 кәрхана есабына туўра келеди.

Олардың жәми товар айланысы 25,3 трлн сумды, қоллаған салық жеңилликлери болса 311,9 млрд сумды қураған.

Усы 20 салық төлеўши тәрепинен тәмийинленген түсимлер салық түрлери кесиминде:

ҚҚС – 472,9 млрд сум;

пайда салығы – 266,5 млрд сум;

акциз салығы – 195,2 млрд сум;

ЖШОДС – 148 млрд сум;

социаллық салық – 78,2 млрд сум;

мүлк салығы – 20,7 млрд сум;

басқа салықлар – 2,5 млрд сум.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги